ХАЛҚЫМЫЗ АЛҒЫСЫ ШЕКСИЗ

Жанажан мәмлекетимиз Өзбекстанның халық аралық дәрежедеги абыройы күн сайын ѳсип бармақта. Бул, әсиресе сонғы 4-5 жылда айқын көзге тасланады. Яғный Ҳүрметли Президентимиз Ш.М.Мирзиёев тәрепинен ишки ҳәм сыртқы сиясаттың дурыс ҳәм әдил алып барылыўы, халықаралық мәселелердеги жанкүйерлиги, сиясий ҳәм жамийетлик искерлиги нәтийжесинде мәмлекетимиздиң халық аралық абыройы жоқарыламақта деп айтсақ ҳақыйқатлық болады.
Жақында Президентимиз Ш.М.Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шѳлкеми Бас Ассамблеясының 76-сессиясында шығып сөйледи.
Өзбекстан халқы атынан Антониу Гутерриш мырзаны Mиллeтлер Шѳлкемине қайтадан Бас хаткер болып сайланыўы менен қызғын қутлықлады. Бүгингидей адамзат өз раўажланыў жолының түпкиликли бурылыс дәўирин бастан өткерип атырған, тынышлык, қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға трансмиллий қәўип-қәтерлер барған сайын күшейип, дәстүрий қәдириятлар жойылып, ғалаба Миграция ағымлары кѳбейип атырған бир пайытта Бирлескен Миллетлер Шѳлкеминиң әҳмийети еледе артқанлығын атап өтти.
Бүгинги жәмийетимизде CОVID-19 пандемиясы аўыр машқалалардан болып, Президентимиз бул мәселелерге де тоқтап ѳтип, бул бағдарда жәҳән денсаўлықты сақлаў шѳлкеминиң муўапықастырыўшы ролин күшейтиў зәрүрлигин қуўатлады.
Өзбекстан ѳз тарийхында биринши мәрте Бирлескен Миллетлер Шѳлкеминиң инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесине ағза етип сайланды. Жаңа Өзбекстан стратегиясы ислеп шығылды. Стратегиямыздың баслы идеясы пуқаралық жәмийети институтларының ролин күшейтиў, инсан ҳуқықларын қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳәр бир адамды кепилликли дәрамат орайы менен тәмийинлеў және турақлы экологиялық раўажланыўға ерисиў, ал тийкарғы мақсетимиз - 2030-жылға барып халықтың жан басына туўра келетуғын дәраматлар муғдары бойынша «Дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер» қатарына кириў болып табылады.
Президентимиз бул режениң Бирлескен Миллетлер Шѳлкеминиң 2030-жылға шекемги Турақлы раўажланыў мақсетлериниң руўхына үнлес екенин атап өтти.
Сондай-ақ бул шығып сѳйлеўинде Xұрметли Президентимиз Аўғанстан машқаласына дыққат аўдарды. Өзбекстанның Аўған шегарасын ашып, бирлемши зәрүр азық- аўқат, нефть, электр энергиясынан жәрдем кѳрсетип атырғанын атап өтип, Аўғанстан пүткил дүнья мәмлекетлериниң хәр тәреплеме жәрдемине зәрүрлигине дыққат аўдарды.
БМШ ның Нәшебентлик ҳәм жынаятшылық басқармасы менен 2022-2025-жылларға мөлшерленген Орайлық Азия мәмлекетлери ушын регионаллық бағдарламаға қол қойылғанының үлкен әҳмийетке ийе екенлигин, Өзбекстан бул бағдардағы жумысларын еле де даўам етип, Орайлық ҳәм Қубла Азия мәмлекетлерин қамтыйтуғын нәшебентликке қарсы улыўма ҳәрекетлер режесин ислеп шығатуғынын атап өтти.
Өзбекстан бәрқулла климат ѳзгерислерине қарсы гүресиў, қоршаған орталық ҳәм биокөптүрлиликти қорғаў мәселелерине әҳмийетли итибар қаратпақта.
БМШ ниң Бас Ассамблеясының Арал бойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы, деп жариялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюциясын қабыл етиўи апатшылық орайында жасаўшы халқымызда үмит оятты, қуўанышқа бөледи.
Президентимиз үлкен минберде турып «2022-жылы Аралбойы аймағында, яғный Нөкис қаласында «жасыл» энергетика бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен биргеликте жоқары дәрежедеги халық аралық форум өткериўди режелестирилгенлигин айтып өтип, биокөптүрлилик бойынша глобаль дәрежедеги бағдарламаның жақын келешекте қабыл етиўин қоллайтуғынын, соның менен бирге 2023-жылы Өзбекстанда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жоқары дәрежедеги Алтыншы Ассамблеясын өткериўди усыныс етти.
Бунда Ассамблея қатнасыўшылары Арал теңизиниң қурыўы нәтийжесинде жүзеге келген экологиялық апатшылық орайы болған Аралбойы регионындағы аўыр жағдай менен тиккелей танысыў ҳәм зәрүр жуўмақлар шығарыў имканиятына ийе болады.
Буннан тысқары Өзбекстан бул Ассамблеяда БМШниң жаңа экологиялық Партиясын ислеп шығыў басламасын алға сүретуғынлығын мәлим етти.
Ҳурметли Президентимиз өз шығып сөйлеўинде буннан басқа да дүнья жүзлик бүгинги ең әҳмийетли машқалаларға мәжилис қатнасыўшыларының дыққатын қаратты ҳәм мәжилис соңында тийисли қарарлар қабыл етилди.
Бүгинги күни Өзбекстанды дүнья жақсы таныйды, тән алады. Дунья жәмийетшилигинде абыройы куннен кунге асып бармақта.
Президентимиздиң бундай үлкен дүнья жүзлик минберлерде турып, жәҳән мәселелерин шешиўге үлес қосыўы биз, Өзбекстан халқында журтбасшымызға деген миннетдаршылық туйғыларын пайда етеди. Бул туйғылар болса бизлерди еле де Президентимиз әтирапына тығыз жәмлесип, беккем турып, халқымыз пәраўанлығы, абаданлығы ҳәм тынышлығы ушын пидайылық пенен хызмет етиўге руўхландырады.
Әдилбай ЕСИМБЕТОВ,
Самарқант ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры.
скачать dle 12.1