2021-жылдың 28-январь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы
2021-жылдың 28-январь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы 3-курс Зооинженерия (жылқышылық ҳәм түйешилик) қәнигелиги талабалары менен Хожели районында жайласқан Миздакхан археологиялық естеликлер компьлексине саяхат шөлкемлестирилди. Саяхаттан мақсет ата-бабаларымыздан қалған усындай археологиялық естеликлердиң бар екенлиги ҳәм олар ҳаққында мағлыўматқа ийе болыў ушын өз көзлери менен көрип мәнис мазмунын түсиниўден ибарат.
Ең әййемги архитектуралық естеликлерден бири болған Миздакханда көплеп әпсаналар жасырынған. Буннан 2000 жыл алдын, ҳәзирги Қарақалпақстан Республикасы аймағында зардуштийлик динине сыйыныўшы қала болған. Буған көплеп сол дәўирге тийисли табылған материаллар дерек береди. Комплекс уш бийикликте жайласқан болып, бир неше биналардан ибарат: Гәўир-қала, Мазлумхан сулыў мақбарасы, Халифа Ережеп ҳәм Шамун-Наби мақбаралары.
Ҳәр бир естеликтиң өз тарийхы ҳәм әпсаналары бар. Мәселен бул қала узақ ўақыт Хорезмниң қорғаныў бекинис қаласы сыпатында даңқ шығарған. Миздакхан Некрополы Орта Азиядағы дерлик әййемги қәбиристан есапланады, себеби оның жасы 2 мың жылдан асады. 
Мазлымхан Сулыў жер асты мақбарасы.Орта Азия ушын жүдә әййемги бинә бул жерге көплеген туристлердиң келиўинеде себеп болмақта. Әдетте биз әййемги қалалар ҳәм мақбаралар жанында боялған жеңишке минаралар менен бәлент дийўалларды көриўге әдетленгенбиз. Бирақ бул архитектуралық қурлыс таңқалдыратуғынлығы: жер бетинде тек үлкен ески гүмбезлер жайласқан. Оның жер асты бөлиминде салқын ханаларға алып барылатуғын текшелер арқалы төменге түсиўиңиз мүмкин. Рәўиятларға қарағанда, сол дәўирдиң ҳүкимдарының Мазлумхан исмли бир бир қызы бар еди, ол жүдә гөззал болып оның ушын көплеген жигитлер ашық болған. Солардың ишинде архитектор қурлысшы жигитте даўагерлик етеди. Сонда ата қызы аспанға жетип барыў ушын бир түнде бәлент минара қуратуғын адамға қызын беретуғынлығын айтады. Қурлысшы жигит буны қурыўға ериседи, лекин олар атасының пәтиясын алмай ең жоқары минарадан бир-бириниң изинен жуўырысып кетеди ҳәмде қулап түсип сол жерге жерленеди. 
Ережеп-Халифа мақбарасы-дүньяның ақырын өлшейтуғын «дүнья сааты». Ережеп-Халифа мақбарасы ең сырлы тарийхый орынлардан есапланады. Ол ҳаққында әпсаналар көплеп ушырасады. Мыңлап зияратшылар бул жерге жердеги өмирди узайттырыўға келеди. Әййемги әпсаналардың айтылыўынша, усы мақбарада Жер жүзиндеги барлық тиришиликти санап өтиўши «дүнья саатлары» барлығына исенеди. Ҳәр жылы бир гербиш бинәдан ажыралып түседи ҳәмме нәрсе пүтинлей қулағанда дүньяның ақыры келеди деп исенген. Мыңлап исениўшилер 7 гербиштен ибарат киши пирамидалар қурады, ҳәмде бул дүньяның өмирин узайттырып барады. Усы исенимге қосымша рәўиште, Зардуштийлик мифологиясында өз сәўлелениўин тапқан.
Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлимискачать dle 12.1