Ҳүрметли ҳәм әзиз ҳаяллар, қәдирли қызлар!

Сизлерди бәҳәрдиң ең гүззал ҳәм нәзик байрамы – 8-март Халық аралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен ѳзимниң ҳәм филиал жәмәәти атынан қызғын қутлықлайман.
Ҳаял қызлармыз - турмысымызға меҳир, муҳаббат ҳәм қуўаныш бағышлаўшы, жәмиет раўажланыўы ҳәм шаңарақ беккемлигиниң исенимли таянышы болып есапланады. Сизлер ѳзиңиздиң жоқары жуўапкершилигиңиз, пидайылығыңыз, билим ҳәм тәжрийбеңиз бенен тек ғана шаңарақта емес, ал илим, билимлендириў ҳәм жәмиетлик турмыстың барлық тараўларында үлкен жетискенликлерге ерисип келмектесиз.
Бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, олардың билим алыўы, илим менен шуғылланыўы ҳәм жәмиетлик турмыста белсене қатнасыўы ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Бул болса ҳаял-қызларымыздың жәмиетлик раўажланыўдағы орны ҳәм абырайын және де арттырыўға хызмет етпекте.
Хазирги уакытта филиалымызда да ҳаял-қызларымыз билимлендириў, илим ҳәм тәрбия жумысларында белсене қатнасып, филиалдың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте. Бүгинги күнде филиалымыз жәмәәтинде 46 ҳаял-қыз профессор-оқытыўшы ҳәм хызметкерлер нәтийжели жумыс алып барып, жас әўладқа терең билим бериў, оларды заманагой билим ҳәм конликпелерге ийе қәнигелер етип тәрбиялаў жолында пидәкерлик пенен мийнет етпекте.
Филиалымызда бүгинги күнде күндизги бѳлимде 496 студент қызлар билим алып, келешекте мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы системасының раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға таярланбақта. Әсиресе, дәстүрий түрде ер адамлар үстинлик еткен шарўашылық тараўына қарамастан, бүгинги күнде филиалымызда билим алып атырған студентлердиң дерлик 47,5 процентин қыз баллар қурап атырғаны айрықша итибарға ылайық. Бул болса қызларымыздың заманагой билим ҳәм кәсиплерди ийелеўге болған умтылысы, мәртлиги ҳәм потенциалы барған сайын артып атырғанлыгынан дәрек береди.
Әсиресе, ѳткен жыл даўамында филиалда 2 (1 PhD), (1 DсS) ҳаял оқытыўшының докторлық диссертация жумысларын табыслы жақлағаны ҳәм 1 ҳаял оқытыўшымыз доцент илимий атағын алғаны илимниң раўажланыўы жолындағы әҳмиетли қәдем болды. Сондай-ақ, ҳаял профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен 55 илимий мақала, 3 монография ҳәм 5 оқыў қолланба баспадан шыгарылып, 3 илимий жойбар усынылды. Бул нәтийжелер филиалда илимниң раўажланыўында ҳаял-қызлардың орны барған сайын артып атырғанынан дәрек береди.
Студент қызларымыз да билим ҳәм қәбилетлери менен филиалымыздың абырайын арттырмақта. Атап айтқанда, 2025-2026- окыў жылында республика колеминде ѳткерилген халықаралық олимпиадада 4 студент, Республикалық олимпиадада 4 студент қызларымыз сыйлы орынларды қолға киргизди. Студент қызларымыз тәрепинен 53 тезис ҳәм мақалалар баспадан шығарылды. Сондай-ақ, усы оқыў жылында 3 студент қызымыз атақлы мәмлекетлик стипендия ийеси, 1 студент қызымыз Ѳзбекстан Кәсиплик аўқамы федерациясы стипендия ийеси болып, оз билим ҳәм қәбилетин және бир мәрте корсетти.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ҳаял- қызлар!
Сизлердиң пидәкерлик мийнетиңиз, илим ҳәм билимлендириўдиң раўажланыўына қосып атырған шексиз үлесиңиз, жас әўладты тәрбиялаўдағы жуўапкершиликли жумысыңыз жәмәәтимиздиң раўажланыўы ҳәм абырайын және де арттырыўға хызмет етпекте.
Усы қутлы байрамда Сизлерге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақларынызға тынышлық, жумысларынызда жаңадан жаңа жетискенликлер ҳәм үлкен табыслар тилеймен. Сизлердиң мийирманшылығыңыз ҳәм ийгиликли ислериңиз турмысымызға ҳәмийше нур ҳәм берекет алып кирсин.
Байрамыңыз мүбәрек болсын, әзиз ҳәм қәдирли ҳаял қызлар!
Ҳүрмет пенен,
Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы,
шарвашылықҳәм биотехнологиялар университети
Нөкис филиалы директоры,биология илимлериниң докторы, профессор А.Т. Есимбетов
скачать dle 12.1