«Студентлердиӊ бос ўақты» темасында сәўбетлесиў кешеси өткерилди
Усы жылдыӊ 16-ноябрь күни Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалыныӊ «Зооинженерия» кафедрасы тәрепинен 17-ноябрь – «Халықаралық студентлер күни» мүнәсибети менен «Студентлердиӊ бос ўақты» темасында сәўбетлесиў кешеси өткерилди.
Илажда «Зооинженерия» кафдерасы баслығы А.Торешова, стажёр-оқытыўшысы Қ.Сарсенбаев, Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша директор мәслаҳатшиси Г.Ешмуратова, Жаслар аўқамы жетекшиси А.Шерипбаев ҳәм студент-жаслар қатнасты. А.Торешова илажды кирис сөзи менен ашты. Ол өз шығып сөйлеўинде студент-жасларды жақынласып киятырған әжайип байрам менен қызғын түрде қутлықлап өтти. Кешениӊ басқа қатнасыўшылары да сөзге шығып, өзлериниӊ байрам тилеклерин билдирди.
Сәўбетлесиў кешеси тийкарында өткерилген илаж даўамында студентлер өзлериниӊ бос ўақытларын қай тәризде шөлкемлестирип атырғанлығы туўралы айтып берип. Сондай-ақ, қатнасыўшыларды және де қызықтырыў мақсетинде қызықлы шынығыўлар ҳәм ойынлар өткерилди.
Еркин тәризде алып барылған сәўбетлесиў даўамында студентлер 17-ноябрь – «Халықаралық студентлер күни» байрамын қанда тәризде белгилеўди арзыў ететуғынлығы бойынша оз пикир ҳәм усынысларын билдирди. А.Торешова тәрепинен қызықлы ойынлар ҳәм медитациялар өткерилди. Атап айтқанда, қатнасыўшыларға көзлерин жумып, өз келешегин көз алдына келтириўлери ҳәм оны тәрийплеп айтып бериўи бойынша қызықлы ойынлар алып барылды. Студент-жаслардыӊ бос ўақытлары усы тәризде мазмунлы ҳәм қызықлы қылып өткерилди. Қалаберсе, байрам алды оларға унамлы кейпият бағышланды.
скачать dle 12.1