Өрт қәўипсизлиги ҳәм ийис газинен зәҳәрлениў темалары бойынша ушырасыў болып өтти
Усы жылдың 6-октябрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының мәжилислер залында өрт қәўипсизлиги ҳәм ийис газинен зәҳәрлениў темалары бойынша ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ғалаба хабар қураллары ҳәм жәмийетшилик шөлкемлер менен бирге ислесиў топары баслығы, капитан А.Абдирахманов, Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлими инспекторы аға лейтенант Д.Реймов ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Филиал директоры А.Есимбетов илажды ашып берип, сөз нәўбетин келген мийманларға берди. А.Абдирахманов ушырасыў қатнасыўшыларына ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў ҳәм оның инсан организмине тәсири, өрт қәўипсизлиги ҳәм ийис газинен сақланыў бойынша толық мағлыўмат берип өткен болса, Д.Реймов ийис газинен зәҳәрлениў сыяқлы жаман ақыбетлерге алып келиўши жағдайлар бойынша жүз берген жағдайларды турмыслық мысаллар сыпатында келтирип өтти. Ушырасыў даўамында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына қатаң түрде әмел қылыў ҳәмде тәбийий газден пайдаланыў бойынша түсиниклер берип өтилди, сондай-ақ, студентлерге буклетлер тарқатылды. Студент-жаслар қәнигелерге тема бойынша сораўлар менен мүрәжат етип, толық түрде жуўап алды. Ушырасыўда студентлеримиз ийис газинен зәҳәрлениў сыяқлы әҳмийетли тема бойынша өз билимлерин жәнеде беккемледи.
скачать dle 12.1