Ветеринария тараўында бизнести баслаў темасында ушырасыў болды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының Ветеринария медицинасы қәнигелигинде билим алып атырған 1-курс студентлери ушын “Тәбийий ҳәм гуманитар пәнлер” кафедрасы баслығы, экономика илимлериниң кандидаты, доцент П.Хожалесов басламасы менен “Қарақалпақ Бизнес Тәлим” ҳәмде “Рауаж Нукус” оқыў орайлары менен биргеликте Ветеринария тараўында бизнести баслаў ҳәм алып барыў темасы шеңберинде ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда жоқарыдағы оқыў орайларының директорлары А.Нурмамбетов, Ж.Бердимуратов ҳәмде профессор-оқытыўшылар қатнасты. Бәршемизге белгили кейинги жылларда мәмлекетимизде бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда ветеринария ҳәм шарўашылық тараўында бизнес режелерди ҳәмде үлкен жойбарларды әмелге асырыў ушын кең имканиятлар жаратылып, бир қатар жеңилликлер берилмекте. Ушырасыў даўамында усы сыяқлы темалар бойынша А.Нурмамбетов ҳәм Ж.Бердимуратовлар тәрепинен филиал студент жасларына толық мағлыўматлар берилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жылы 3-март сәнесиндеги “Шарўашылық тармақларын мәмлекет тәрепинен буннан былай да қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында” ғы қарарының мазмунына айрықша тоқталып өтилди. Соның менен бирге жасларға өз тараўы бойынша бизнес баслаў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланыўда өзине болған исеним үлкен әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында сөз жүритилди. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жан-жақлама жуўапларды алды. Филиал студентлери бул сәўбетлесиў даўамында өзлери ушын пайдалы мағлыўматларға ийе болды.



Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1