«Ғәрезсизлик мениң тәғдиримде» сүрени астында ушырасыў
2021-жыл 24-сентябрь күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында бүгинги күнде билимлендириў, илим, спорт, көркем-өнер, дөретиўшилик, исбилерменлик ҳәм басқада тараўларда нәтийжели жумыс алып барып атырған 30 жаслы алдыңғы жаслар менен талабалар арасында «Ғәрезсизлик мениң тәғдиримде» сүрени астында ушырасыў болып өтти. Филиалда шөлкемлестирилген ушырасыўға Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреатлары Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети магистранты Ш.Базарбаева, қол урысы бойынша Азия чемпионы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкери С.Қайыпназарова ҳәм “Ниҳол” мәмлекетлик сыйлығының ийеси, Халықаралық таңлаўлар жеңимпазы, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты магистранты, бақсы М.Төребековлар қатнасып, илажды филиалдың Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов басқарып барды.
Ушырасыў барысында филиалдың талаба-жасларында өзлери қатарлы жасларШ.Базарбаева, С.Қайыпназарова ҳәм М.Төребековлардың ерискен табыслары, жетискенликлери усындай жоқары табысларға ерисиўге болған умтылысларын күшейтти ҳәм өзлери қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.
Илаж соңында филиал талаба-жасларын бақсы М.Төребековтың жанлы ҳаўаздағы атқарған халық қосықлары өзгеше тәсирлерге бөледи.
Ушырасыў көтериңки кейпият, жоқары дәрежеде өткерилди.






Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлимискачать dle 12.1