ҚУТЛЫҚЛАЙМЫЗ!
Ең уллы ҳәм ең әзиз байрамымыз ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы мүнәсибети менен бир қатар ўатанласларымыз тараўдағы өзлериниң пидайы мийнетлери арқасында «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықланды.
Усы жылдың 16-сентябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде сыйлықланғанларды қутлықлаў ҳәм оларға сыйлықларын тапсырыў илажы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси Т.Худайбергенов қатнасты ҳәм сыйлықланғанларды қутлықлап өтти.
Сыйлықланғанлар арасында Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров, Ислер басқармасы баслығы С.Каниязов ҳәмде бир қатар профессор-оқытыўшылары Ш.Авезимбетов, Ш.Утегенова ҳәм А.Төрешоваларда тараўдағы мүнәсип мийнетлери ушын естелик белгиси менен сыйлықланды.
Сыйлықланған филиал хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшыларын ерискен табыслары менен қутлықлап, келеси жумысларында табыс, шаңарақларына тынышлық-аманлық тилеп қаламыз!!!






Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлимискачать dle 12.1