SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Спорттың «ШАХМАТ» түри бойынша филиал бириншилиги өткерилди. » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Спорттың «ШАХМАТ» түри бойынша филиал бириншилиги өткерилди.
Спорттың «ШАХМАТ» түри бойынша филиал бириншилиги өткерилди.
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы хызметкерлери арасында «Спорт-саламатлық күни» сүрени астында спорттың «ШАХМАТ» түри бойынша жарыс өткерилди. Бул жарыс филиал кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен шөлкемлестирилди. Оған филиалымыз директоры, профессор-оқытыўшылары ҳәм хызметкерлери қатнасты. Филиал хызметкерлери ортасындағы беллесиў қызықлы тәризде болды. Бәршемизге белгили, шахмат ақылый жақтан раўажланыўды еледе арттырып, адамларды сабырлы болыўға үйретеди. Бәсеки менен өткен жарыс даўамында бәрше қатнасыўшылар өз имканиятларын сынап көрди. Қатнасыўшылардың ҳәммесине бирдей жоқары кейпият бағышлаған жарыс жуўмағында 1-орын - Оқыў ҳәм тәрбиялық ислер бойынша диретор орынбасары Қ.Атаназаровақа несип еткен болса, Бина коменданти О.Қудековқа 2-орын ҳәм М.Байлепесова ҳәм Н. Жуманазаровалар 3-орынды ийеледи. Жеңимпазлар филиал кәсиплик аўқам шөлкеми тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Барлық қатнасыўшылар жарыс заўықлы ҳәм қызықлы тәризде болып өткенлигин билдирди. Қутлықлаў менен биргеликте диплом ҳәм саўғаларды филиал диреторы А.Т.Есимбетов ҳәм кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы Г.А.Қазахбаевалар өз ийелерине тапсырды. Әлбетте, бундай жарыслардың шөлкемлестирилип турыўы филиал хызметкерлерине жоқары кейпият бағышлайды.
Филиал кәсиплик аўқам шөлкеми баслығы Г.А.Қазахбаева