Абитуриентлерге рухсатнамалар 1-августтан баслап бериледи
Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, 2021-жылы 22-июль күни жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў ушын онлайн дизимнен өтиў жуўмақланды. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша мәмлекетлик комиссиясының 2021-жылы 26-июльдеги 2-санлы протоколы менен пандемия шараятындағы эпидемиологиялық жағдайды инабатқа алған ҳалда, 2021/2022-оқыў жылы қабыллаўында жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары 5-августтен басланыўы белгиленди. Көпшилик абитуриентлерди рухсатнамалар қашаннан баслап берилиўи ҳаққындағы мағлыўмат қызықтырып атыр. Демек, мәмлекетлик тест орайының берген мағлыўматларына бола абитуриентлерге рухсатнамаларды бериў 1-август сәнесинен басланады. Бул ҳаққында МТОның рәсмий телеграм каналында төмендегише хабар жәрияланды «2021-2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына кириў тест сынақларында қатнасыў мақсетинде онлайн дизимнен өткен абитуриентлерге «Абитуриент рухсатнамасы»н бериў 2021-жыл 1-август сәнесинен басланатуғынлығын мәлим етемиз»
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1