Кириў тест сынақларына жәми 3 саат ўақыт ажыратылатуғын болды
Мәмлекетлик комиссиясының протоколы менен пандемия шараятында абитуриентлерге қолайлық жаратыў мақсетинде тест сораўларының саны оптималластырылып, кириў тест сынақларына жәми 3 саат ўақыт ажыратылатуғын болды.
Бунда:
Биринши бөлимдеги мәжбүрий үш пән- ана тили (өзбек, рус, қарақалпақ ҳәм басқа тиллер), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлериниң ҳәр бирине 10 жәми 30 тест сораўлары ҳәм улыўма 60 минут белгиленеди;
екинши бөлимдеги абитуриент таңлаған бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес еки пәнниң ҳәр бирине 20 жәми 40 тест сораўлары ҳәм улыўма 120 минут белгиленеди;
мәжбүрий үш пәнге жәми 63 балл, абитyриент таңлаған бакалавриат билимлендириў бағдарына сәйкес еки пәнге жәми 126 балл, улыўма– 189 балл белгиленеди
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1