2021-2022-оқыў жылы ушын филиалға жәми қанша абитуриент ҳүжжет тапсырды?
Усы жылы 20-июнь сәнесинен баслап 2021-2022-оқыў жылы ушын бакалавриат бағдарларына абитуриентлерди онлайн дизимге алыўға старт берилген еди. Бул процесс 2021-жыл 22-июль саат 23:59 да өз жуўмағына жетти. Мәмлекетлик тест орайының рәсмий телеграм каналындағы мағлыўыматларға сүйенген ҳалда филиалға ҳүжжет тапсырған абитуриентлер ҳаққында күнлик мағлыўматларды рәсмий веб-сайтымыз ҳәм телеграм каналымыз арқалы жәриялап бардық. Хош, жуўмақлаўшы нәтийжелер бойынша Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына қанша абитуриент ҳүжжет тапсырды? 2021-2022-оқыў жылы ушын филиалға жәми 1407 абитуриент ҳүжжет тапсырды. Толық мағлыўмат берип өтетуғын болсақ, күндизги билимлендириў түрине жәми 696, сыртқы билимлендириў түрине болса 711 абитуриент онлайн дизимнен өткен. Тиллер кесиминде болса өзбек тили-480, қарақалпақ тили -927.
Еслетип өтемиз:2021-2022-оқыў жылы ушын күндизги билимлендириў түрине филиалға жәми 375 студент қабыл етиледи.
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың! Телеграм | Фейсбук | Инстаграм |
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1