SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
18-июль жағдайы бойынша филиалға жәми 861 абитуриент ҳүжжет тапсырған » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » 18-июль жағдайы бойынша филиалға жәми 861 абитуриент ҳүжжет тапсырған
18-июль жағдайы бойынша филиалға жәми 861 абитуриент ҳүжжет тапсырған
Жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў ушын дизимнен өтиў процесслери жуўмақланыўына аз ўақыт қалды. Яғный, 22-июльге дейин (усы күни де) дизимге алыў даўам етеди. Бул процесс даўам етиўи себепли дизимнен өткен абитуриентлердиң көрсеткишлери бойынша мағлыўматларды берип барыўды даўам еттиремиз. Бунда әлбетте мәмлекетлик тест орайының рәсмий телеграм каналындағы жәрияланған мағлыўматларға сүйенемиз. Демек, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына 18-июль жағдайы бойынша қанша абитуриент дизимнен өткен? 2021-жыл 18-июль саат 18:00 жағдайы бойынша филиалымызға жәми 861 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Билимлендириў түри бойынша: Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 480; Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 381 абитуриент ҳүжжет тапсырған. Тиллер кесиминде: Өзбек тили-306; Қарақалпақ тили-555 абитуриент. Мағлыўмат ушын, жәми дизимнен өткен абитуриентлердиң саны болса 686 842 Соннан билимлендириў түри бойынша: Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 380 317; Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 284 028; Кешки билимлендириў түри бойынша-22 497. 2021-2022-оқыў жылы ушын дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматларды веб-сайтымыз ҳәмде Телеграм |Фейсбук | Инстаграм арқалы танысып барыўды даўам етиң!