Нәўбеттеги хирургиялық операция әмелге асырылды
Филиалымызда директор А.Есимбетов басламасы менен ветеринария клиникасы шөлкемлестирилгенлиги ҳәмде ол жерде дәслепки хирургиялық операция табыслы әмелге асырылғанлығы ҳаққында рәсмий веб-сайтымыз арқалы мәлим еткен едик. Бүгин бул клиникада нәўбеттеги операция өткерилди. Қәниге Махсет Сегизбаев тәрепинен әмелге асырылған хирургиялық операцияда филиал оқытыўшылары ҳәмде әмелий көнликпелерге ийе болыў мақсетинде студент-жаслар қатнасты. Атап айтқанда, операция процесинде 207-топар студенти Х.Мамбеткаримова жәрдемши ўазыйпасын атқарды. Операция столында овчарка нәсилиндеги ийттиң бел буўынларындағы киста алып тасланды. Студентлер процести дыққат пенен бақлап турды. М.Сегизбаев болса оларға түсиндирип барды. Хирургиялық операция табыслы жуўмақланды. Филиалдағы ветеринария клиникасында жумыс процеси қызғын тәризде алып барылып, усы сыяқлы операциялар өткерип барылады. Бул болса өз гезегинде студентлердиң әмелий көникпелерин беккемлеўге хызмет қылады.
скачать dle 12.1