8-июль жағдайына дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўмат
Кеше 2021-жыл 7-июль жағдайына көре 2021-2022-оқыў жылы ушын Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалына дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша толық мағлыўматларды берген едик. Бүгин болса 8-июль жағдайына муўапық дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мәмлекетлик тест орайының телеграм каналындағы мағлыўматлар тийкарында төмендегилерди келтирип өтемиз:
2021-жыл 8-июль саат 18:00 жағдайына муўапық филиалымызға жәми 151 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
Соннан билимлендириў түри бойынша:
Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 91;
Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 60 абитуриент ҳүжжет тапсырған.
Тиллер кесиминде:
Өзбек тили-53;
Қарақалпақ тили-98 абитуриент.
Мағлыўмат ушын, жәми дизимнен өткен абитуриентлердиң саны болса 147 843.
Соннан билимлендириў түри бойынша:
Күндизги билимлендириў бойынша-жәми 92 283;
Сыртқы билимлендириў бойынша-жәми 51 989;
Кешки билимлендириў түри бойынша-3 571.
2021-2022-оқыў жылы ушын дизимнен өткен абитуриентлердиң саны бойынша мағлыўматларды рәсмий веб-сайтымыз ҳәмде Telegram Facebook Instagram арқалы танысып барыўыңыз мүмкин.
Филиал баспасөз хызмети скачать dle 12.1