SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлер үйлерге барып шарўа малларында профилактикалық емлеў илажларын өткерди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлер үйлерге барып шарўа малларында профилактикалық емлеў илажларын өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс студентлери әмелият басшысы М.Сегизбаев пенен бирге «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйынындағы «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың үй шараятында бағып атырған шарўа маллары, таўықлар, ийт, қой ҳәм ешкилерде профилактикалық емлеў илажларын өткерди. Атап айтқанда дәслеп оларда тексериў жумысларын алып барды ҳәмде зәрүр комплекс витамин ҳәм вакцина салды. Соның менен бирге үй шараятында ҳайўанларды бағыўда зәрүр болған гигиеналық қағыйдалар, қандай азықлық қолланыў бойынша көрсетпелер берилди ҳәм кеселликлердиң түрлерине қарап керекли дәрилер усыныс етилди. Үй ийелери филиал жәмәәтине әмелге асырған бундай қайырлы иси ушын өз миннетдаршылығын билдирди. Бул процес даўамында үйлерде бағылып атырған шарўа маллары профилактик емленди, студентлер болса зәрүр әмелий көнликпелерге ийе болды ҳәм ең әҳмийетлиси мәҳәлле турғынлары қуўанышқа бөленди. Филиал студентлери жақсы иске өз үлесин қосыў менен бирге өзлериниң тәжирийбелерин де арттырды. Усы күнге шекем филиалда “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте. Нәўбеттеги илажда студент-жаслар тикеллей өзлери қатнасты ҳәм әмелий көнликпелерди пайда етти. Бул болса әмелияттың сапасын және де арттырады деп ойлаймыз. Филиал баспасөз хызмети