Әмелият мазмунлы тәризде шөлкемлестирилмекте
Усы күнлерде болажақ жас қәнигелер теориялық билимлерин әмелият пенен байланыстырған ҳалда зәрүр тәжирийбелерин арттырмақта. 1-курс студентлери филиал аймағында әмелий көнликпелерин өзлестирип атырған болса, 2-курс студентлери дала әмелияты шеңберинде ислеп шығарыў кәрханалары, Ветеринария лабораториясы ҳәмде шарўа малларын бағып атырған үйлерге барып әмелий билимлерге ийе болмақта. Сондай-ақ, фермер хожалықларға барып, студентлерди жумыс процеси менен танысыў бойынша илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс студентлери әмелият басшысы М.Сегизбаев басшылығында Қараөзек районындағы “Panaev Farms” фермер хожалығына барды. Бул жерде студентлер сырт елден алып келинген нәсилли қарамаллар қандай шараятта бағылып атырғанлығы менен жақыннан танысты. Қәнигелердиң көрсетпелери тийкарында оларды тексерип көрди. Қарамаллардың салмағы ҳәмде усы күнге дейин оларда ушыраған кеселликлер ҳаққында керекли мағлыўматларға ийе болды. Дала әмелиятын өтеў ушын шөлкемлестирилген бул саяхат даўамында студентлер өзлеринде керекли көнлкипелерди пайда ете алды десек асыра айтқан болмаймыз. Соның менен бирге биринши курс студентлерине филиал оқытыўшылары тәрепинен зәрүр әмелий билимлер берип барылмақта. Бунда олар филиал лабораториясы ҳәм муляжлардан үнемли пайдаланбақта. Студент жаслар әмелият дәўири заўықлы ҳәм мазмунлы өтип атырғанлығын атап өтти.
скачать dle 12.1