Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша онлайн тәризде жыйналыс болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров, профессор-оқытыўшылар ҳәмде студент-жаслар Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бөлими тәрепинен Zoom платформасы арқалы онлайн тәризде өткерилген жыйналыста қатнасты.
Сондай-ақ, жыйналыста Республикамыздағы жоқары оқыў орынларының баслықлары ҳәм профессор-оқытыўшылары да қатнасты. Илажды Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Комплаенс қадағалаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бөлими баслығы Ҳ.Абдураҳмонов ашып берди ҳәм алып барды. Ол сөзинде Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында шығыпсөйлеўинде коррупцияға қарсы гүресиў темасына айрықша тоқталып өткенлигин, мәмлекетимизде бүгинги күнде коррупцияның ҳәр қандай көринисине қарсы маўасасыз гүрес принципи тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар, соның менен бирге жоқары билимлендириў тараўында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылып атырған ис-илажлар ҳаққында толық түрде айтып өтти. Жыйналыс даўамында international халықаралық коррупцияға қарсы гүресиў шөлкеми тәрепинен қабыл қылынған рейтингде Өзбекстан 2019-жылға салыстырғанда 2020-жылда бираз жоқарылағанлығы айрықша атап өтилди. Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл қылынған қарар ҳәмде пәрманлардың мазмуны ҳаққында сөз етилди. Филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студентлери онлайн тәризде өткерилген жыйналыс даўамында тема бойынша кең түсиникке ҳәм зәрүр мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1