Әмелият қызғын тәризде даўам етпекте
Филиал студентлериниң өз қәнигеликлери бойынша әмелий тәжирийбелерин арттырыў ҳәм теориялық билимлерин жәнеде беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген дала әмелияты қызғын тәризде даўам етпекте. Атап айтқанда, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 2-курс студентлери әмелият басшысы М.Сегизбаев басшылығында Нөкис қаласындағы үйлерге барып, ол жерде бағылып атырған шарўа малларында профилактикалық емлеў ҳәмде клиникалық жумысларды алып барыў бойынша шуғылланып атыр. Әлбетте, бул процесс М.Сегизбаевтиң көрсетпелери тийкарында әмелге асырылмақта. Болажақ ветеринарлар ушын усындай көнликпелерди өзлестирип барыў әҳмийетли болып саналады. Қарамаллардағы кеселликлерди толық үйрениў ҳәм емлеў илажларын әмелге асырып барыў арқалы студентлер өзлеринде жақсы көнликпелерди пайда етеди. Сондай-ақ, студентлердиң бир бөлеги Республика Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети жанындағы Ветеринария лабораториясында әмелият өтеп атыр.
Оларға әмелият басшысы Ж.Матниязова тәрепинен микробиология ҳәм вирусология тийкарында микробларды бояў ҳәмде микроскоп жәрдеминде көриў жумыслары үйретилмекте. Алты ҳәпте даўамында филиал студентлерине зәрүр болған барлық билим ҳәм көнликпелерди берип барыў тийкарғы мақсет болғанлығы себепли әмелият басшыллары ўақыттан үнемли пайдаланыўға ҳәрекет қылып атыр. Өз орнында бул ҳәрекетлер келешекте тараў ушын өзиниң унамлы нәтийжесин бериўине үлкен исеним билдирген ҳалда әмелият процесин бақлаўды даўам еттиремиз. Ҳәр бир әмелият басшысы соның менен бирге студентлер өз жуўапкершилигин сезинип, соған жараса жумыс алып барыўына исенемиз. Сонда күтилген нәтийжеге ерисемиз.
скачать dle 12.1