SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлер ҳәм жәмлеспеген жаслар арасында “Заковат” интеллектуал ойыны өткерилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлер ҳәм жәмлеспеген жаслар арасында “Заковат” интеллектуал ойыны өткерилди
Белгили болғанындай, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы “мәҳәллебай” ислеў системасы тийкарында бириктирилген мәҳәллелер менен бирге жумыс алып барыўды жолға қойды. Атап айтқанда филиалда Нөкис қаласы “Гүлзар” МПЖ ның жәмлеспеген жаслары ҳәмде филиал студентлери қатнасыўында “Заковат” интеллектуал ойыны болып өтти. Илаж басында филиал директоры А.Есимбетов сөзге шығып бул ойынды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет мәҳәлледеги билимданларды жәмлеп, олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў екенлигин айтып өтти ҳәмде барлық қатнасыўшыларға әўмет тиледи. Буннан соң ойынға старт берилди. Соны атап өтиў керек, бул “Заковат” интеллектуал ойынында филиал студентлеринен ҳәмде мәҳәлле жасларынан дүзилген жәми 7 команда өз-ара ақыл ҳәм зийреклик бойынша беллести. Қатнасыўшылар арасындағы ойын қызықлы тәризде болып өтти. Ойын даўамында жаслардың билимлери жәнеде беккемлениў менен биргеликте олардың интеллектуал потенциалы артты деп ойлаймыз. Филиалда шөлкемлестирилген “Заковат” интеллектуал ойынының жуўмақлаўшы нәтийжесине көре, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 3-курс студентлеринен дүзилген “Аристократлар” командасы 1-орынды ийеледи. 2-орын болса Ветеринария диагностикасы ҳәм лаборатория иси қәнигелиги 1-курс 211-топар студентлериниң “Саўкеле” командасы ийеледи. Ветеринария медицинасы 1-курс 206-топар студентлериниң “Фемида” командасы 3-орынды алыўға мияссар болды. Жеңимпаз командаларға филиал директоры А.Есимбетов тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, “Гүлзар” МПЖ ның жәмлеспеген жаслары ойында белсенди қатнасқанлығы ушын диплом ҳәмде китап пенен сыйлықланды. Соның менен бирге Жаноб Расулдың концерт бағдарламасына кириў ушын билетлерди саўға етти.