Филиал директоры “Жаслар дәптерине”не киргизилген жаслар менен ушырасыў өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры А.Есимбетов “Мәҳәллебай” ислеў системасы бойынша ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде филиалға бириктирилген «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйынына барып, “Жаслар дәптерине”не киргизилген жаслар менен ушырасып олардың машқалаларын үйренди. Сондай-ақ илажда оқыў-методикалық бөлими баслығы Г.Хожаметов қатнасты. Мәҳәлле баслығы Г.Бердиниязова ушырасыўды кирис сөзи менен ашып берди. Буннан соң Адилбай Есимбетов сөзге шығып, филиал мәҳәлледеги “Жаслар дәптерине”не киргизилген жасларына жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў ушын таярлық курсларын шөлкемлестириў ҳәмде тигиўшилик цехы искерлигин жолға қойып бериўге таяр екенлигин, олар арасында “Директор кубогы” спорт жарысларын өткерип барыў, музей ҳәм тарийхый орынларға саяхат шөлкемлестирип бериўде әмелий жәрдем көрсетиў мәселелери бойынша тоқталып өтти. Филиал директоры жаслар менен ашық сәўбетлесиў даўамында төмендеги сөзлерди келтирип өтти: “Ең тийкарғысы сизлерге жаратылған имканиятлардан үнемли пайдаланың! Үлкен мақсетлерге ерисиў ушын дәслепки қәдемди тасласаңыз соның өзи жеткиликли. Ҳәр бириңиздиң көзиңизде келешекке болған үмит ушқыны жанып турыпты. Бул болса маған айқын сезилди ҳәм кейпиятым көтерилди. Филиал тәрепинен сизлер ушын ҳәмме имканият жаратылып бериледи, өзлериңиз ҳәрекет қыласыз”. Буннан соң Г.Хожаметов режелестирилген жумыслар бойынша толық мағлыўмат берип өтти. Ушырасыў шеңберинде мәҳәлледеги “Темир дәптерине”не киргизилген ҳаял-қызлар менен де сәўбетлесиў шөлкемлестирилди. Олар ушын да оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша сәўбет алып барылды. А.Есимбетов ҳәр бир ушырасыў қатнасыўшысының машқаласын тыңлады ҳәм олардың қызығыўшылығын сорады. Бүгинги «Қутлы қоныс» мәкан пуқаралар жыйынында болып өткен ушырасыў мазмунлы тәризде өтти ҳәм барлық қатнасыўшыларға жоқары кейпият бағышлады. Ушырасыў жуўмағында болса буклетлер тарқатылды. Соны атап өтиў керек, филиалға бириктирилген мәкан пуқаралар жыйынларында ушырасыўлар әмелге асырылып барылады.
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1