Студентлер турақ жайындағы студентлердиң ўақты мазмунлы шөлкемлестирилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлер турақ жайында «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасының үлкен оқытыўшысы Дина Базарбаева тәрепинен бул жерде жасайтуғын студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы тәризде шөлкемлестириў ҳәмде олардың билимлерин жәнеде беккемлеп барыў мақсетинде «Ҳайўанлар ҳаққында қызықлы фактлер» темасы шеңберинде кең түсиниклер берилди. Илаж даўамында Д.Базарбаева ҳайўанлар ҳаққында түрли қызықлы фактлерди келтирип өтти. Атап айтқанда, қайсы ҳайўан улыўма суў ишпейди, қайсы ҳайўан түри кем ушырасады, сондай-ақ, пышықлар ҳаққында ҳәр түрли мағлыўматларды айтып өтти. Слайд арқалы фото ҳәм видео көринисинде көрсетип берди. Студент-жаслар қызығыўшылық пенен оқытыўшы тәрепинен айтылған қызықлы факт ҳәмде мағлыўматларды тыңлаў менен бирге өзлери ушын керекли болғанларын жазып алды. Сондай-ақ, оларға блиц-сораўлар берилди. Филиалда билим алып атырған студентлер келешекте кәсиплик искерлиги даўамында тикеллей ҳайўанлар менен жумыс алып барады. Сол себепли олар ҳаққында көплеген мағлыўматқа ийе болып барыў әҳмийетли болып саналады. Студентлер «Ҳайўанлар ҳаққында қызықлы фактлер» темасы бойынша жеткиликли билимге ийе болды. Сондай-ақ қосымша тәризде сораў-жуўаплар менен толықтырылды. Усылайынша студентлер турақ жайында жасайтуғын студентлердиң ўақытлары мазмунлы болып өтти.
скачать dle 12.1