Мектеплерде шеберлик сабақларын өтиў даўам етпекте
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары өз-ара бирге ислесиў байланыслары жолға қойылған мектеплерге барып, шеберлик сабақларын өтип атыр. Атап айтқанда, Д.Базарбаева ҳәмде Ж.Халмуратовалар Хожели районындағы 34-санлы улыўма билим бериў мектебине барып оқытыўшы ҳәмде оқыўшыларға “Заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологиялар тийкарында сабақ өтиўдиң жаңа методларын сабақ процесинде қоллаў” темасы бойынша шеберлик сабағын өтти. Сабақ даўамында оқытыўдың заманагөй усыллары ҳәм оны енгизиў тәртиби түсиндирилди. Сондай-ақ, оқыўшылар теманы жақсы өзлестириўи ушын қандай методлардан пайдаланыў керек екенлиги бойынша мағлыўмат берилди. Буннан соң Ж.Халмуратова 8-класс оқыўшыларына “Жүрек қан тамыр системасы” темасы бойынша сабақ өтти. Сабақлар жуўмақланғаннан соң мектеп жәмәәти филиал оқытыўшыларына бул жердеги билимлендириўдиң нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде оқытыўшылардың кәсиплик шеберлигин қәлиплестирип барыўда өзлериниң салмақлы үлесин қосып атырғанлығы ушын миннетдаршылығын билдирип өтти. Мектеп оқыўшылары болса бүгинги шеберлик сабағы қызықлы тәризде болып өткенлигин билдирди. Соны атап өтиў керек, усы сыяқлы өз-ара бирге ислесиў турақлы түрде әмелге асырылып келмекте. Филиал профессор-оқытыўшылары өз-ара бирге жумыс алып барыўды даўам еттиреди ҳәмде мектеп оқытыўшылары менен биргеликте шеберлик сабақларын шөлкемлестирип барады.
скачать dle 12.1