Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайында ушырасыў болып өтти
Усы жылы 18-май күни Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме китапхана орайында «Егер экономика жәмийеттиң организми болса, оның руўхы ҳәм жаны мәнаўият» атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди. Бул ушырасыўға Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамы әдебий мәслаҳатшиси Әмирлан Сейдин Елсүйер улы, филиал Мәлимлеме ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бѳлими баслығы Ахмет Сейткамалов ҳәмде студент жаслар қатнасты. Улыўма оқыў залы секторы баслығы Б.Утениязова ушырасыўды кирис сөзи менен ашып берди. Ушырасыў басында Әмирлан Сейдин сөзге шығып, руўхый жақтан жетик инсан сыпатында ҳүрметке бөлениў ушын турақлы түрде китап оқып барыў зәрүр екенлигин айтып өтти ҳәмде жаңадан баспадан шыққан «Айнанайын» китабы ҳаққында студент-жасларға толық түрде мағлыўмат берип өтти. Буннан соң А.Сейткамалов сөзге шығып жаслардың қәлбинде миллий мәнаўиятымызға болған ҳүрметти жәнеде арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған салмақлы жумыслар туўралы сөз етип, студент-жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў арқалы олардың руўхый дүньясын еледе байытып барыў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги ҳаққында тоқталып өтти. Мазмунлы тәризде болып өткен ушырасыў ҳаққында студент-жаслар өзлериниң унамлы пикирлерин билдирди. Илаж жуўмағында болса Ж.Халмуратова ушырасыў қатнасыўшыларына оқыў ушын жақсы китапларды усыныс етип өтти. Филиал студент-жаслары бул ушырасыў даўамында өзлерине унамлы тәсирлер алды деп ойлаймыз.
скачать dle 12.1