SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Филиал директоры коррупция ҳәм парахорлық темасына бағышланған жыйналыс өткерди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Филиал директоры коррупция ҳәм парахорлық темасына бағышланған жыйналыс өткерди
Филиал директоры коррупция ҳәм парахорлық темасына бағышланған жыйналыс өткерди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында профессор-оқытыўшылар ҳәмде хызметкерлер қатнасыўында коррупция ҳәм парахорлық темасына бағышланған жыйналыс болып өтти. Филиал директоры Адилбай Есимбетов жыйналысты алып барды. А.Есимбетов сөзге шығып, жоқары билимлендириў системасында коррупцияға қарсы гүрес бойынша алып барылып атырған ис-илажлар ҳәм олардың нәтийжеси имтихан процесинде студентлерди әдалатлы баҳалаў ҳәмде оқытыўшылар тәрепинен дәмегөйликке жол қойыў жағдайларын пүткиллей сапластырыў бойынша тыянақлы пикирлерди айтып өтти. Директор өз сөзинде: “Бизиң алдымызда келешегимиз ийелери болып саналатуғын жасларды коррупциясыз билимлендириў тийкарында жетик кадрлар етип тәрбиялаўдай үлкен жуўапкершиликли ўазыйпа турыпты. Соның ушын, имтихан процеслеринде студентлерди қалыс түрде баҳалаў ҳәм ең әҳмийетлиси дәмегөйлик жағдайлары ҳасла ушырамаўын тәмийинлеў ҳәр биримиз ушын жуўапкершиликли ўазыйпа екенлигин барқулла есте сақлаўымыз зәрүр. Керек болса жеке өзим қатаң бақлаў астына аламан. Филиалда тек ғана қалыслық тийкарында билим берилиўин толық тәмийинлениўи тийкарғы мақсетимиз саналады”, деп айтып өтти. Буннан соң оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров жуўмақлаўшы бақлаў өткериў бойынша оқыў бөлими тәрепинен тастыйықланған график ҳәм оқытыўшылар арасында алып барылған түсиндириў жумыслары бойынша мағлыўмат берди. Сондай-ақ, жыйналыс даўамында Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов ҳәмде "Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер" кафедрасы баслығы Ш.Авезимбетовлар сөзге шығып тема бойынша өз пикирлерин билдирди. Жыйналыс даўамында А.Есимбетов тәрепинен имтиханды әдалатлы тәризде өткериў бойынша декан ҳәм декан орынбасарлары ҳәм профессор-оқытыўшыларға анық ўазыйпалар берилди ҳәмде коррупция ҳәм парахорлыққа жол қойылмаўы қатаң бақлаўға алыныўы айрықша атап өтилди.