«Бир зыялы–бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер» принципи тийкарында ушырасыў болып өтти
Бәршемизге белигили «Бир зыялы–бир мәҳәллеге мәнаўий қәўендер» принципи тийкарында орынларда үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары Тақыятас районындағы филиалға бириктирилген аўыл пуқаралар жыйынына барып, ушырасыўлар шөлкемлестирмекте. Бүгинги нәўбеттеги ушырасыў Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов ҳәмде Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратовлар тәрепинен шөлкемлестирилди. Олар Тақыятас районы “Найманкөл” аўыл пуқаралар жыйынына барып, усы АПЖ турғынлары менен ушырасыў өткерди. Сәўбетлесиў даўамында алдағы ўақытта филиал профессор-оқытыўшылары тәрепинен усы сыяқлы руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы ушырасыўлар шөлкемлестирилип барылыўы айтып өтилди. А.Каниязов ушырасыў жуўмағында қатнасыўшыларға китап саўға етти. Нәўбеттеги мәнзил болса 5-санлы улыўма билим бериў мектеби болды. Бул жерде мектеп питкериўши жаслары менен ушырасыў болып өтти. Атап айтқанда, А.Каниязов филиал искерлиги ҳәм оқыў процеси ҳаққында оқыўшыларға толық мағлыўмат берген болса, Е.Сейтмуратов студент-жасларға жаратылған имканиятлар ҳәм филиалда турақлы түрде шөлкемлестирип барылатуғын руўхый илажлар туўралы тоқталып өтти. Үлкен өмир босағасына қәдем қойыў қарсаңында турған жаслардың келешектеги режелери ҳәмде қызығыўшылықлары бойынша сәўбетлесиў алып барылды. Сондай-ақ олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Ҳәр еки ушырасыўда мазмунлы ҳәм қызықлы тәризде болып өтти.
скачать dle 12.1