Байрам мүнәсибети менен профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер 4 күн дем алады
«Рамазан Ҳайытын белгилеў ҳаққында»ғы Президент қарары (10.05.2021-ж, ПҚ-5110-санлы) қабыл етилди.
Қарарға көре, мәмлекетимизде 2021-жыл 13-май Рамазан Ҳайыты байрамы сыпатында белгиленеди.
Сондай-ақ, Президенттиң 10-майдағы ПФ-6222-санлы Пәрманы тийкарында 2021-жылы 14-май (жума) ҳәмде 15-май (шемби) күнлери қосымша дем алыў күни деп жәрияланды.
Буннан келип шығып, Рамазан Ҳайыты байрамында ҳәмме қатары жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасында хызмет көрсетип атырған профессор-оқытыўшылар, баслық ҳәм хызметкерлер ҳәмде студент-оқытыўшылар избе-из 4 күн дем алатуғын болды:
13-май, пийшемби–Рамазан ҳайытының биринши күни (жумыс исленбейтуғын байрам күни);
14-май, жума–қосымша дем алыс күни (ҳәмме ушын);
15-май, шемби–қосымша дем алыс күни (ҳәмме ушын);
16-май, екшемби –улыўмалық дем алыс күни.
Ҳүрметли, филиал профессор-оқытыўшылары, хызметкерлери ҳәмде студент-жаслары Рамазан Ҳайыт байрамы мүнәсибети менен жәрияланған дем алыс күнлериңиз мазмунлы тәризде өтиўин тилеймиз! Байрамды жақсы кейпият пенен қарсы алың! Муққадес Рамазан Ҳайыты бәршеңизге мүбәрек болсын! Барлық жақсы нийетлериңиз қабыл болсын!
Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1