Студентлер палҳәррелерден сүт алыў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болды
“Палҳәррешилик илимий-изертлеў тийкарлары” пәни оқытыўшысы А.Тилеумуратов Зооинженерия (палҳәррешилик) қәнигелигиниң 1-курс 213-топар студентлерин Нөкис районындағы “Сағынбай асалчи” фермер хожалығына алып барды. Филиал студентлери буннан алдын бул жерге келип, фермер хожалығының искерлиги менен жақыннан танысқан еди. Бул рет олар хожалықта бағылып атырған палҳәррелерден сүт алыў усылларын үйренди. Қәниге жәрдеминде ана палҳәрреден сүт алыў процесин толық бақлады ҳәм сол арқалы әмелий көнликпелерге ийе болды. Сондай-ақ, студентлерге палҳәрреден алынған сүтти сақлаў бойынша әҳмийетли мағлыўматлар ҳәм мәслаҳатлер берип өтилди. Биз билемиз палҳәрреден алынатуғын сүт жүдә пайдалы болып есапланады. Яғный оннан бир неше кеселликлерге шыпа болатуғын препаратлар ислеп шығарылады. 213-топар студентлери бул әмелий сабақ даўамында пайдалы мағлыўматларға ийе болды. А.Тилеумуратов тәрепинен тема бойынша студентлерде жәнеде кең түсиник пайда етиў мақсетинде Нөкис районына шөлкемлестирилген бул саяхат филиал студентлериниң тәжирийбе арттырыўында айрықша әҳмийетке ийе болды. Олар өзлериниң зәрүр көнликпелерге ийе болғанын билдирди. Алдағы ўақытта Сағынбай асалчи” фермер хожалығына бундай саяхатлар шөлкемлестирилип барылады.
скачать dle 12.1