Студентлер “Panaev Farms” фермер хожалығында
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында билим алып атырған студентлердиң әмелий билимлерин жәнеде беккемлеў ушын “Panaev Farms” фермер хожалығына саяхатлар шөлкемлестирилмекте. Бул ҳаққында рәсмий веб-сайтымыз ҳәм телеграм каналымыз арқалы мәлим етип бармақтамыз. Соны айрықша атап өтиў керек, бундай саяхатларды әмелге асырыўда «Тәбийий ҳәм улыўма қәнигелик пәнлер» кафедрасы ассистенти А.Торешова өз белсендилигин көрсетпекте. Нәўбеттеги саяхатта А.Торешова тәрепинен шөлкемлестирилди. Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 205 ҳәм 206-топар студентлериниң «Аўыл хожалығы ҳайўанларын азықландырыў» пәни бойынша әмелий көнликпелерин беккемлеў мақсетинде Қараөзек районындағы “Panaev Farms” фермер хожалығына алып барылды. Студентлер бул жерде азықлық базасы менен жақыннан танысты. Бүгинги күнде фермер хожалықта сырт елден алып келинген нәсилли қарамаллар бағылып атырғанлығы ҳәм олардың азықланыў рационына айрықша итибар қаратылыўы, себеби соған қарап олардың сүт бериў өнимдарлығы артыўы ҳаққында қәнигелер тәрепинен толық түсиник берилди. Бәршемизге белгили, "𝗣𝗔𝗡𝗔𝗠𝗜𝗟𝗞" компаниясы сапалы сүт ҳәм сүт өнимлерин ислеп шығарады. Бул фермер хожалық болса тәбийий сүт жеткизип береди. Бул жерде қарамаллар күнине 3 мәрте аўқатландырылады. Тийкарынан силос ҳәм концентрат азықлар бериледи. 205-206-топар студентлери тема бойынша көплеген мағлыўматларға ийе болыў менен биргеликте сыйырларды саўыў процессин бақлаўға мияссар болды. Сондай-ақ, олар фермер хожалықта бағылып атырған қоян ҳәм ешки нәсиллери менен танысты.
скачать dle 12.1