Студент қызлар арасында волейбол жарысы өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студент қызлары арасында Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәслаҳатши Г.Ешмуратова ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси А.Шерипбаевлар тәрепинен «Саламат ҳаял-қызлар жәмийет тиреги» атамасында спорттың волейбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди. Бул жарысқа студент-қызлардан дүзилген жәми 6 команда қатнасты. Студент-қызлар арасында саламат турмыс тәризин кең түрде енгизиў ҳәмде олардың спортқа болған қызығыўшылығын қоллап-қуўатлаўда усы сыяқлы спорт жарыслары үлкен әҳмийетке ийе болып саналады. Қызлар арасында болып өткен қызықлы беллесиў даўамында барлық команда өз ғайратын көрсетиўге ҳәрекет қылды. Қатнасыўшыларды оқытыўшылар ҳәмде группалас дослары қоллап-қуўатлап турды. Қызықлы тәризде болып өткен жарыстың жуўмағына бола сыйлы биринши орынды «Тумарис» командасы қолға киргизди. «Диагностика қызлары» командасы екинши орынды ийелеўге мияссар болды. Үшинши орын «Мотиватор» командасына несип етти. Жеңимпаз командаларға филиал директоры Адилбай Есимбетов тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Филиал студент-қызлары арасында шөлкемлестирилген бул жарыс жоқары кейпиятта болып өтти. Жарыс қатнасыўшылары да буны айрықша атап өтти ҳәм алдағы ўақытта өткерилетуғын спорт жарысларында буннан да белсенди қатнасыўға таяр екенлигин билдирди.
скачать dle 12.1