Ҳәсиретли ана естелигине гүл қойылды
Бәршемизге белгили, мәмлекетимизде Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы сыпатында кең түрде белгиленеди. Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында да байрам қарсаңында бир қатар илажлар өткерилмекте. Атап айтқанда мәжилислер залында Қарақалпақстан халық шайыры Халила Даўлетназаров қатнасыўында илаж өткерилди. Буннан соң 96 жаслы урыс қатнасыўшысы Қадирбай ата Нармановтың ҳалынан хабар алынды. Сондай-ақ, филиал профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент-жаслар директор А.Есимбетов басшылығында 9-май Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Ҳәсиретли ана естелигине гүл қойып, саўаш майданында мәртлик көрсеткен бабаларымыздың естелигине ҳүрмет көрсетти. Буннан соң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов студент жаслар менен биргеликте “Ўатансүйиўшилик бағы”на барып ол жердеги әскерий техникалар сондай-ақ самолётлардың макетлерин тамаша етти. 9-май Еслеў ҳәм Қәдирлеў күни мүнәсибети менен филиал студентлери қатнасыўында усы сыяқлы илажлардың әмелге асырылыўынан гөзленген тийкарғы мақсет саўаш майданында бүгинги пәраўан турмысымыз ушын ерлик көрсеткен жерлеслеримиздиң яды әзиз ҳәм муқаддес екенлигин олардың санасына сиңдириў болып табылады. Филиал студент жаслары бүгин мәрт ата-бабаларымыздың көрсеткен ерлигин ядқа алып, елимиздеги бүгинги пәраўан турмысқа шүкиршилик етти.
скачать dle 12.1