Филиал директоры уллы бабамыздың бюстине гүлшеңбер қойыў мәресиминде қатнасты
Усы жылы 8-май күни белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Аллаяр Досназаровтың 125 жыллығына бағышланған “А.Досназаров ҳәм Қарақалпақстанның жаңа тарийхы” атамасында республикалық илимий-теориялық конференциясы шеңберинде пайтахтымызда уллы бабамыздың бюстине гүлшеңбер қойыў мәресими болып өтти. Бул мәресимге Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм мәкемелер, жоқары оқыў орынларының басшылары қатарында Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы директоры А.Есимбетов қатнасып, Аллаяр Досназаровтың бюстине гүлшеңбер қойды ҳәмде елимиздиң ардақлы перзентиниң естелигине ҳүрмет көрсетти.
Халқымыз Аллаяр Досназаров сыяқлы пидәйи перзенти менен барқулла мақтанады. Уллы бабамыз қысқа өмири даўамында миллетимиз тарийхында өшпес из қалдырды. А.Досназаров Қарақалпақ автономиялы областының дүзилиўинде ҳәмде миллий-мәмлекетлик шегараларды белгилеўде әҳмийетли рол ойнады. Жас әўлад қәлбинде тарийхымызға, миллий қәдириятларымызға болған терең ҳүрметти қәлиплестириўде Аллаяр Досназаров ҳақыйқый үлги бола алады. Ҳәр биримиз оның өмири ҳәм искерлиги ҳаққында мағлыўматларға ийе болыўымыз зәрүр болып есапланады. Бүгин халқымыздың пидәйи перзенти бюстине гүл қойыў мәресими даўамында қатнасыўшылар бабамыздың әзиз естелигине ҳүрмет көрсетти. Аллаяр Досназаровтың жарық яды ҳәр биримиздиң қәлбимизге мөрленген.
скачать dle 12.1