SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
“Panaev Farms” фермер хожалығына саяхат шөлкемлестирилди » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Ветеринария медицинасы 1-курс 201-топар студентлери менен биргеликте Қараөзек районындағы “Panaev Farms” фермер хожалығына саяхат шөлкемлестирилди. Аўыл хожалығы илимлери бойынша философия докторы (PhD) А.Уримбетов “Ҳайўанларды азықландырыў технологиясы” пәни бойынша студентлердиң әмелий билимлерин беккемлеў мақсетинде оларды өзиниң басшылығында “Panaev Farms” фермер хожалығына алып барды. Филиал студентлери фермер хожалығының хызмети менен жақыннан танысыў барысында, бул жерде бағылып атырған нәсилли қарамаллар ҳәмде ешкилердиң аўқатланыў рационы, олардың қандай шараятта бағылып атырғанлығы бойынша мағлыўматларға ийе болды . Фермер хожалықтағы азықлық базасы менен жақыннан танысты. Усы сыяқлы саяхатлар болажақ тараў қәнигелериниң тәжирийбе ҳәмде көнликпелерин беккемлеп барыўда үлкен әҳмийетке ийе. Саяхат даўамында А.Уримбетов студентлерге қосымша мағлыўматларды берип барды. Олар қызығыўшылық пенен жумыс пороцесин бақлаў арқалы өзлери ушын зәрүр болған көнликпелерди пайда етиўге ҳәрекет қылды. Бул жерде бағылып атырған нәсилли қарамаллар ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болды. Соны айрықша атап өтиўимиз орынлы, филиал студентлерин “Panaev Farms” фермер хожалығының хызмети менен жақыннан таныстырып барыў ҳәмде оларға жумыс процесин толық бақлаў имканиятын жаратыў әлбетте даўам етеди.