Қарақалпақ әдебиятының жарық жулдызлары туўылғанына 92 жыл толды
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында қарақалпақ әдебиятының жарық жулдызлары И.Юсупов ҳәмде Т.Қайыпбергеновтың туўылғанына 92 жыл толыўы мүнәсибети менен “Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы” ҳәм “Әдебият майданының ири тулғасы” атамасында таңлаў өткерилди. Илажға Мәлимлеме-ресурс орайы бөлими баслығы Ж.Халмуратова, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы А.Сейткамалов, филиал баспасөз хаткери З.Хожамуратова ҳәмде студент-жаслар қатнасты. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров таңлаўды кирис сөзи менен ашып берди. Дәслеп, қатнасыўшылар қосықлар таңлаўы тийкарында сүйикли шайырымыз И.Юсуповтың қәлемине тийисли қосықларды көркемлеп оқыў бойынша өз-ара беллести. Студентлердиң қосықларды шыңына жеткерип оқып бериўи оларды баҳалап отырған төреши ағзаларды өзгеше толқынландырды. Илаждың екинши бөлими яғный, шығармалар таңлаўы болса белгили жазыўшы Т.Қайыпбергеновтың шығармаларынан монолог айтып бериў бойынша алып барылды. Бул таңлаў даўамында филиал студент-жасларының қарақалпақ әдебиятындағы шығармаларға, қосықларға болған муҳаббаты ҳәмде китапқумарлық мәдениятының жоқары дәрежеде қәлиплескенлиги айқын сезилди. Жуўмақлаўшы бөлимде таңлаўды шөлкемлестирген Ж.Халмуратова сөзге шығып, таңлаў күтилгенинен де артық дәрежеде өткенлигин айрықша атап өтип, төреши ағзалары ҳәм барлық қатнасыўшыларға өз миннетдаршылығын билдирди. Буннан соң шайыр дөретиўшилигинен ең көп қосық ядлаған 1-курс студентлери А.Сарсенбаева, Ш.Қарлыбаева ҳәмде М.Наржановалар белсенди қатнасқанлығы ушын ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, шығармалар таңлаўында өз белсендилиги менен ажыралып турған 1-курс студенти М.Ҳабибова ҳәм 2-курс студенти Ю.Жақсымуратоваларға ҳүрмет жарлығы тапсырылды. Бул қатнасыўшыларға ең жақсы саўға-китап берилди. Соны айрықша атап өтиў керек, И.Юсупов ҳәмде Т.Қайыпбергеновтың туўылғанына 92 жыл толыўы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул таңлаў көтериңки руўхта болып өтти. Филиал студентлери де белсенди қатнасып, сүйикли шайыр ҳәм жазыўшының дөретиўшилигине болған ҳүрметин билдирди.
скачать dle 12.1