SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлердиң әмелий билимлери беккемленбекте » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Зооинженерия:Жылқышылық ҳәм түйешилик қәнигелиги 2-курс студентлерине «Зоогигиена» пәни оқытыўшысы Амина Торешова тәрепинен “Палҳәррелердиң гигиенасы” темасы бойынша қызықлы тәризде әмелий сабақ шөлкемлестирилди. Студентлер әмелий көнликпелерге ийе болыўы ушын филиалға алып келинген палҳәрре шаңарағы сақланып атырған қуты жәрдеминде өтилген бул әмелий сабақ жүдә заўықлы болды. А.Торешова сабақ даўамында палҳәррелер шаңарағында жасайтуғын индивидлер ҳаққында түсиник берди. Яғный, жумысшы палҳәррелер сондай-ақ ана ҳәм еркек палҳәррелердиң атқаратуғын ўазыйпалары, жумысшы палҳәррелердиң өз ўазыйпасына қарап бөлиниўи сыяқлы мағлыўматларды келтирип өтти. Сондай-ақ полиморфизм атамасына түсиник берип өтти. Палҳәррелердиң шаңарағында бир неше индивидлердиң жасаўы полиморфизм деп аталады. Сабақ процесинде Зооинженерия (палҳәррешилик) қәнигелиги 1-курс 213-топар студенти А.Ибадуллаев оқытыўшысы ҳәм досларына үйинде бағып атырған палҳәррелер шаңарағы ҳаққында айтып берди ҳәм өз тәжирийбелери менен бөлисти. Бизге белгили, бул жәнликтиң пайдасы көп. Палҳәррелердиң сүти ҳәм палы шыпалы болып есапланады. Сол себепли, оларды қутыларда сақлаўда айрықша итибар менен биргеликте меҳир бериў зәрүр. А.Торешова студент-жасларға қосымша тәризде усы сыяқлы қызықлы мағлыўматларды берип өтти. Олар әмелий сабақ даўамында жеткиликли билимди өзлестирди ҳәм жақсы көнликпеге ийе болды.