Ата-аналар жыйналысында қандай мәселелер додаланды?
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 202-топар студентлериниң ата-аналары қатнасыўында жыйналыс болып өтти. Оған Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов, оқыў ислери бойынша декан орынбасары Т.Оразбев, Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Е.Сейтмуратов, топар басшысы С.Комилжонов ҳәмде ата-аналар қатнасты. Мәжилисти А.Каниязов ашып берди ҳәм алып барды. Ол оқыў процеси, топар студентлериниң сабаққа қатнасы ҳәм билимлендириўге тийисли мәселелер ҳаққында сөз етип, усы күнге шекем сабақ қалдырмаған ҳәм пәнлерди өзлестириўде белсендилик көрсетип атырған студентлерди айрықша атап өтти ҳәм олардың ата-аналарына миннетдаршылық билдирди. Буннан соң Т.Оразбев ҳәмде Е.Сейтмуратовлар сөзге шығып, студентлердиң тәртип-интизамы, сабақларды өзлестириў көрсеткишлери, сондай-ақ филиалда шөлкемлестирилип атырған руўхый-ағартыўшылық илажларға белсенди қатнасып киятырған үлгили студентлер ҳаққында айтып өтти. Жыйналыс даўамында ата-аналарға сөз берилип, олар өз пикир ҳәм усынысларын билдирди. Атап айтқанда, пәнлерди жақсы өзлестириўи ҳәм өткерилип атырған илажларда өз белсендилиги менен ажыралып туратуғын Г.Базарбаеваның әкеси сөзге шығып, қызы бул оқыў орнында билим алып атырғанлығынан қуўанышлы екенлигин, соның менен бирге филиалдағы билимлендириў процесинен кеўили толып атырғанлығын айтып, өз миннетдаршылығын билдирди. Р.Балтабаеваның анасы да өзиниң унамлы пикирлерин билдирип, усыныслар берип өтти. Жыйналыс сәўбетлесиў көринисинде даўам етип, топар басшысы С.Комилжонов ата-аналар менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиў жолға қойылғанын, олардың усыныс ҳәм мүрәжатлары барқулла инабатқа алыныўы ҳаққында сөз етип, өз орнында оларға керекли усынысларды берип өтти. Улыўмаластырып айтқанда, бул жыйналыста билимлендириў ҳәм тәрбия, студентлердиң сабаққа қатнасы, сондай-ақ пәнлерди өзлестириў дәрежеси, тәртип-интизам ҳәм олардың жәмийетлик жумысларда белсенди қатнасы сыяқлы мәселелер додаланды.





Филиал баспасөз хызмети
скачать dle 12.1