Филиалда жасалма ҳәўиз жаратылды
Бәршемизге белгили, Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Зооинженерия: Балықшылық қәнигелиги бойынша студент-жаслар билим алып атыр. Оларға тәлим бериўде тек ғана теориялық билим менен шекленип қалмастан, әмелий көнликпелерин беккемлеп барыўға айрықша итибар қаратылып, зәрүр шараятлар жаратылмақта. Атап айтқанда «Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ не барып, турақлы түрде әмелий сабақлар шөлкемлестирилмекте. Усы қәнигеликте билим алып атырған студент-жаслардың әмелий билимлерин және де беккемлеў мақсетинде филиал аймағында тереңлиги 1,5 метр болған жасалма ҳәўиз жаратылып, оған 140 дана орташа 10 грамм салмақтағы Африка ылақасы тасланды. Оларды бағыўға усы қәнигеликтиң түрли курсларында билим алып атырған Ш.Нызаматдинов, П.Тилеклесов ҳәмде А.Абипназаровлар жуўапкер етип бекитилди. Әлбетте, қалған студентлерде биргеликте бағыўға көмеклеседи. Африка ылақасы өзиниң тез өсетуғын балық түрине кириўи менен ажыралып турады. Азық рационына тоқталып өтетуғын болсақ, бул балықларға күнине 3 мәрте белокқа бай болған жем берилиўи зәрүр болады. Бул болса олардың салмақ жыйнаўында әҳмийетли болып саналады. Студентлер ҳәўиздеги балықларды көбейтиў ҳәм бағыў усылларын оқытыўшысы А.Жолдасбаевтың көрсетпеси бойынша әмелде көрип, өзлери бағады. Әлбетте, филиал студентлери ушын бундай шараяттың жаратылыўы олардың қәнигеликлери бойынша әмелий билимлерин ҳәм көнликпелерин терең раўажландырып барыўда хызмет қылады. Олардың қуўанышын көрип бизде шадландық. Мағлыўмат ушын, 140 дана африка ылақасы Қарақалпақ балық санаат» ЖШЖ дан алып келинди.
скачать dle 12.1