Бир неше темаларды өзинде жәмлеген ушырасыў
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжлислер залында “Жаслар арасында нəшебентлик затларының тарқалыўына қарсы гүресиў”, “Биз шегиўге қарсымыз” ҳәмде “АИЖС–әсир обасы” сыяқлы бир неше темаларды өзинде қамтып алған ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы АИЖС қа қарсы гүресиў орайы шыпакери Г.Қалимбетова, Республика наркологиялық диспансери шыпакери М.Ешмуратов, Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи этнография бөлими баслығы А.Пирназарова, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар қатнасты. Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров илажды ашып берди. Буннан соң ушырасыў мийманларынан Г.Қалимбетова сөзге шығып “АИЖС–әсир обасы” темасы бойынша баянат қылды. М.Ешмуратов болса студент-жасларға бүгинниң актуал машқаласы болған нәшебентлик иллетине қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған нәтийжели жумыслар, бул иллет жынаят ислеўге түртки болып, оған жол ашып бериўи ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, А.Пирназарова ушырасыў темалары бойынша өзиниң пикирлерин билдирди. Атап айтқанда, жаслар ең алды менен билимди жақсы өзлестириўиге умтылыўы ҳәм жетискенликлерге ерисип, өз келешегин тәмийинлеўи, нәшебентлик сыяқлы жаман иллетлерден аўлақ болыў арқалы физикалық ҳәм руўхый жақтан саламат болыў керек екенлиги бойынша турмыслық мысаллар менен айтып өтти. Ушырасыў сораў-жуўап түринде даўам етип, филиал студентлери тийисли темалар бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
скачать dle 12.1