Нәўбеттеги Кеңес жыйналысы болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында нәўбеттеги Кеңес жыйналысы болып өтти. Жыйналысқа кеңес ағзалары ҳәмде хызметкерлер қатнасты. Кеңес баслығы Адилбай Есимбетов жыйналысты ашып берди. Буннан соң баянатшылар сөзге шықты. Атап айтқанда, студент-жаслардың өндирислик әмелиятының нәтийжелери ҳаққында оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров баянат жасады. Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов факультетте билимлендириў ҳәм тәрбия, илимий-изертлеў жумысларының шөлкемлестирилиўи бойынша баянат қылды. “Коррупциясыз тараў” жойбары бойынша «Филиал жәмийетшилик кеңеси» искерлигин беккемлеў барысында әмелге асырылған жумыслар ҳәм филиалда студент-жаслар арасында өткерилген социаллық сораўнама нәтийжеси бойынша Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Г.Хожаметов толық түрде мағлыўмат берди. Сондай-ақ, қәбилетли студентлердиң илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў бөлими баслығы А.Тлеумуратов ҳәмде филиал баспасөз хаткери З.Хожамуратова филиалда баспасөз хаткерине жаратылған шәрт-шараятлар ҳәм оның искерлиги темасында баянат қылды. Кеңес жыйналысы даўамында барлық баянатлар тыңланды ҳәм кең додаланды. Жыйналыс жуўмағында болса тийисли қарарлар қабыл етилди.
скачать dle 12.1