SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Студентлер палҳәррешилик фермер хожалығы менен танысты » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Студентлер палҳәррешилик фермер хожалығы менен танысты
Студентлер палҳәррешилик фермер хожалығы менен танысты
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы Зооинженерия (палҳәррешилик) қәнигелигиниң 1-курс 213-топар студентлери пән оқытыўшысы А.Тилеумуратов басшылығында Нөкис районындағы “Сағынбай асалчи” фермер хожалығына барды. “Палҳәррешилик илимий изертлеў тийкарлары” пәнинен әмелий сабақ өтиў мақсетинде әмелге асырылған бул саяхат даўамында студент-жаслар “Сағынбай асалчи” фермер хожалығының хызмети менен жақыннан танысты. Оларды фермер хожалық баслығы Ш.Қалбаев күтип алып, бүгинги күндеги жумыс процеси ҳаққында толық мағлыўмат берди. Оның берген мағлыўматларына бола, ҳәзирги күнде хожалықта 80 палҳәрре қутысында палҳәрреси шаңарағы бағылмақта. Жылына орташа 2 тонна пал жетистирип, өз өнимлерин сатыўға шығарады екен. Сондай-ақ, бул жерде ана палҳәррелер жетистириледи екен. Студентлер хожалықтағы жумыс процесин бақлап, бул жердеги бағылып атырған палҳәррелерди көзден кеширди. Бәршемизге белгили, кейинги жылларда палҳәррешилик тармағын раўажландырыўдың нәтийжелилигин жәнеде арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Филиалда бул қәнигеликте билим алып атырған студент-жаслардың әмелий көнликпелерин беккемлеп барыўда усы сыяқлы саяхатларды щөлкемлестириў жүдә әҳмийетли саналады. Студент-жаслар “Сағынбай асалчи” фермер хожалығының искерлигин үйрениў даўамында керекли мағлыўматларға ҳәм зәрүр болған көнликпелерге ийе болды.