Филиалда ушырасыў болып өтти
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы мәжилислер залында “Коррупцияға қарсы гүрес ҳәм интернет тармағындағы мәлимлемелердиң инсан психологиясына тәсири” темасында ушырасыў болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы бөлим аға прокуроры А.Хожабаев, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Маънавият фидойиси» көкирек белгиси ийеси, шайыр Ш.Аяпов ҳәмде профессор-оқытыўшылар, сондай-ақ студент жаслар қатнасты. Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы Г.Хожаметов илажды ашып берди ҳәмде сөз нәўбетин келген мийманларға берди. Буннан соң А.Хожабаев сөзге шығып, кейинги жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған ис-илажлар, коррупция ҳәм парахорлық иллети жәмийет раўажланыўына тосық болыўы, әсиресе, жоқары билимлендириў тараўында коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин жәнеде арттырыў жүдә әҳмийетли екенлиги ҳаққында айтып өтти. Ш.Аяпов сөзге шығып студент-жасларға ушырасыў темасы бойынша өзиниң терең пикирлерин билдирди. Сондай-ақ, филиал психологы М.Алламуратова “Интернет тармағындағы мәлимлемелердиң инсан психологиясына тәсири” темасы бойынша баянат жасады. Ол өз баянатында бүгинги глобалласқан мәлимлеме дәўиринде студент-жаслар интернет тармағы арқалы узатылып атырған түрли мағлыўматларды анализлеў, өзлери ушын пайдалы болған хабарларды алыў ҳәм керексиз мәлимлемелердиң тәсирине түсип қалмаўы ҳаққында айтып өтти. Әлбетте, ҳәзирги күнде студент-жаслар арасында интернет мәдениятын еледе қәлиплестириў жүдә әҳмийетли саналады. Ушырасыў темасы бойынша филиал студентлери қосымша сораўлар арқалы өз түсиниклерин жәнеде байытып, зәрүр мағлыўматларға ийе болды.
скачать dle 12.1