1-майдан баслап социаллық қорғаўға мүтәж студентлер ушын ижара төлеминиң ярымы төлеп бериледи
2021-жыл 1—майдан баслап социаллық қорғаўға мүтәж студентлер ушын ижара төлеминиң ярымы мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жаслардың исбилерменлик хызметин қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигине көмеклесиў, оларды социаллық қорғаў ҳәм бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы Пәрманы тастыйықланды. (https://bit.ly/3v7wDP9).
Пәрманға көре, 2021-жыл 1-майдан баслап:
Профессионал билимлендириў шөлкемлериниң “Жаслар дәптери”не киргизилген оқыўшы-жасларына кәрханаларда әмелият өтеген ўақты ушын 6 ай даўамында ҳәр ай базалық есаплаў муғдары (БЕМ) ның еки есеси (490 мың) муғдарында Мәмлекет бюджетинен субсидия ажыратылады.
Студентлер турақ жайы менен қамтып алынбаған студентлердиң 60 процентине айлық ижара төлеминиң 50 проценти Мәмлекет бюджети есабынан қаплап бериледи. Бунда ижара төлеминиң қаплап берилетуғын бөлеги Ташкент қаласында – БЕМның 1 есеси (245 мың сум), қалған аймақларда – БЕМның 0,5 есеси (122 мың сум) нен көбеймеўи керек. Бул имканият мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған ҳәм өзине, усы орында ата-анасына тийисли болмаған үйде ижара ҳуқықы тийкарында жасайтуғын жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлерине, үлги көрсеткен, белсенди студентлер ушын бериледи.
2021-жыл 1-июньнен баслап:
мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына 10 ға шекем мәкан пуқаралар жыйынлары бириктириледи;
мәмлекетлик жоқары оқыў орынлары ректорлары тәрепинен бириктирилген мәкан пуқаралар жыйынларында жасайтуғын жәмлеспеген жаслары жоқары оқыў орнында шөлкемлестирилген пән ҳәм спорт дөгереклерине бийпул қамтып алынады.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1