«Акцияда белсендилик көрсеткенлиги ушын» номинациясы бойынша диплом менен сыйлықландық!
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалының жәми 120 студент-жаслары қаламызды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў мақсетинде өткерилген «Таза қала» акциясында белсенди қатнасқанлығы ҳаққында рәсмий веб-сайтымыз ҳәм телеграм каналымыз арқалы мәлим еткен едик. Жоқары кейпият пенен шөлкемлестирилген бул жойбар елимиз жасларын бирлестирди десек асыра айтқан болмаймыз. Акция жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем-өнер музейи алдында илаж ҳәм гала-концерт болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Мурат Камалов «Таза қала» акциясында белсенди қатнасқанларды қутлықлап, диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықлады. Атап айтқанда, филиалымыз «Акцияда белсендилик көрсеткенлиги ушын» номинациясына мүнәсип деп табылды ҳәм Жоқарғы Кеңеси Баслығы Мурат Камалов тәрепинен филиал директоры Адилбай Есимбетовқа диплом тапсырылды. Илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти. Бәрше жаслар жоқары кейпият пенен эстрадамыз жулдызлары атқарыўындағы қосықларға ойынға түсти. Филиал студент жаслары да көтериңки руҳта концертти тамаша етти. Соны атап өтиў керек, филиал директоры А.Есимбетов «Таза қала» акциясында белсендилик көрсеткен студентлерди қутлықлап, оларға өз миннетдаршылығын билдирди. Сондай-ақ, “Бизге бул дипломның тапсырылыўы ҳәм филиалымыздың атап өтилиўи сизлердиң мийнетиңиз ҳәм ҳәрекетиңиздиң нәтийжеси деп ойлайман. Қаламыздың тазалығы ушын жеңди түрип, абаданластырыў жумысларын алып бардыңыз. Мен буннан жүдә қуўанышлыман. Барқулла мине усындай белсендилик көрсетиң!” – деп айтып өтти. Бул болса студент-жаслардың кейпиятын жәнеде көтерди. Өз орнында филиал жәмәәти атынан «Таза қала» жойбары шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдирип қаламыз!
скачать dle 12.1