Мектеп питкериўшилери менен ушырасыў
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәмде студент-жаслары Шоманай районындағы 15-санлы улыўма билим бериў мектебиниң питкериўшилери менен шөлкемлестирилген ушырасыўда қатнасты. Сондай-ақ, райондағы мектеп питкериўши класс оқыўшыларына республикамыздағы жоқары оқыў орынлары ҳаққында толық мағлыўмат бериў, ол жердеги билимлендириў процеси менен жақыннан таныстырыў, сондай-ақ ЖООларында билим алып атырған студент-жаслардың ерисип атырған табыслары ҳәмде оларға жаратылған шараятлар менен таныстырыў мақсетинде Шоманай районы ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген бул ушырасыўға Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалы ҳәмде Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының ўәкиллери қатнасты. Ушырасыў даўамында филиалымыздың оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров сөзге шығып, филиалдағы бүгинги күндеги билимлендириў процеси ҳәм студентлер ушын жаратылған барлық қолайлы шәрт-шараятлар ҳаққында толық түрде айтып берди. Сол менен бирге оқыўшы-жаслардың келешектеги мақсетлери менен қызықсынды. Филиал оқытыўшысы Б.Кунисов болса филиалдағы үлгили студентлер менен таныстырып өтти. Бәршемизге белгили, мектеп питкериўшилерин кәсипке бағдарлаў ҳәм олардың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишин арттырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпасы сыпатында илгери сүрилди. Сол себепли, ЖОО ҳәм мектеплер бирге ислесиўи жолға қойылды. Бул ушырасыў болса өз-ара жумыс алып барыўды жәнеде беккемлейди ҳәм нәтийжели даўам етиўине түртки болады деп ойлаймыз. Бир сөз бенен айтқанда мектеп питкериўши жаслары менен ушырасыў мазмунлы ҳәм қызықлы тәризде болып өтти.
скачать dle 12.1