2021-2025-жыллар даўамында 92 мың 600 орынлы студентлер турақ жайы қурылады
Усы жылы 13-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында жаслардың бәнтлигин ҳәм олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2021-2025-жыллар даўамында 92 мың 600 орынлы студентлер турақ жайы қурылады. Усы мүнәсибет пенен мәмлекет бюджетинен 4,4 триллион сум қаржы ажыратылады.
Мағлыўмат ушын, бүгинги күнге шекем 58 мың студент турақ жайы менен тәмийинленген.
Усы жылдың 1-майынан баслап, социаллық қорғаўға мүтәж болған студентлер ушын ижара төлеминиң ярымы мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи мәлим етилди. Буның ушын мәмлекет бюджетинен 100 миллиард сум қаржы ажыратылады.
Буннан тысқары, “жаслар дәптери”не кирген студентлер ушын кәрхана ҳәм компанияларда әмелият өтеў дәўиринде 500 мың сумға шекем субсидия ажыратылыўы белгиленди.
Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1