350 орынға мөлшерленген ашық стипендия таңлаўы жәрияланды
“Эл-юрт умиди” қоры тәрепинен Өзбекстан ушын ең әҳмийетли тараўларда, қәнигеликлер кесиминде 350 орынға мөлшерленген ашық стипендия таңлаўы жәрияланды.
(http://www.eyuf.uz/) “Эл-юрт умиди” қоры 2021-2022-оқыў жылы ушын ең абырайлы сырт мәмлекетлерде:
бакалавриат билимлендириў бағдарламасы ушын 100,
магистратура билимлендириў бағдарламасы ушын 150,
докторантура билимлендириў бағдарламасы ушын 100 стипендиялар ажыратыўын мәлим етти.
Талабанлардың ҳүжжетлери 2021-жыл 1-апрелинен – 1 майға шекем, республиканың барлық аймақлары ўәкиллери ушын бирден бир тәртип ҳәм тең имканият тийкарында, онлайн режимде ҳәм электрон тәризде қабыл етиледи.
Толық мағлыўмат пенен усы сайт арқалы танысыўыңыз мүмкин: www.eyuf.uz

Зийўар Хожамуратова
скачать dle 12.1