Волейбол бойынша филиал бириншилиги өткерилди
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалы студентлери арасында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен волейбол бойынша филиал бириншилиги болып өтти. Ер балалар ортасында шөлкемлестирилген жарыс даўамында жәми 16 команда қатнасып, жеңимпазлық ушын гүрес алып барды. Соны атап айтыў орынлы, филиал студентлериниң өз-ара беллесиўлери жүдә қызғын тәризде алып барылды. Спорт пенен турақлы түрде шуғылланыў физикалық жақтан саламат болыўды тәмийинлейди. Сол себепли, филиал студент-жаслары ортасында спорт жарыслары шөлкемлестирилип келинбекте. Конституциямыз қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген волейбол бойынша филиал бириншилиги көтериңки кейпиятта өткерилди. Жарыс жуўмағында Зооинженерия:Балықшылық қәнигелигиниң 2-курс студентлериниң командасы үшинши орынға мүнәсип деп табылған болса, Ветеринария медицинасы қәнигелиги 1-курс 204-топар студентлериниң командасы екинши орынды ийеледи. Зооинженерия: Балықшылық 1-курс 214-топар студентлериниң командасы болса сыйлы биринши орынды қолға киргизди. Филиал директоры Адилбай Есимбетов бул командаларды жеңимпазлық пенен қутлықлап, оларға диплом ҳәм естелик саўғаларды тапсырды.
скачать dle 12.1