SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
«Қус гриппи» темасында онлайн лекция » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында Академик Д.Н.Прянишников атындағы Пермь Мәмлекетлик аграр-технологиялық университети менен биргеликте филиал студентлери ушын онлайн лекцияларды шөлкемлестириў даўам етип атыр. Нәўбеттеги онлайн лекция биология илимлери кандидаты Лазарева Ольга Игоревна тәрепинен «Қус гриппи» темасында алып барылды. Оған тема бойынша өз қызығыўшылығын билдирген студент-жаслар, соның менен бирге Халықаралық байланыслар бөлими баслығы Т.Ибраймов ҳәм филиал оқытыўшысы Д.Базарбаева қатнасты. Лекция даўамында тема бойынша толық мағлыўматлар берилди. Атап айтқанда, бул кеселликтиң алдын алыў, оған қарсы қандай вакциналарды қоллаў мүмкин екенлиги айтып өтилди. Филиал студентлери «Қус гриппи» темасы бойынша жеткиликли билимге ийе болды десек асыра айтқан болмаймыз. Онлайн лекция қызықлы тәризде сораў-жуўаплар менен даўам етти. Еслетип өтемиз, Академик Д.Н.Прянишников атындағы Пермь Мәмлекетлик аграр-технологиялық университети ҳәм Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалы ортасында бирге ислесиў бойынша меморандум имзаланған.