«Илимнен басқа үмит жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес»
Усы жылы 8-апрель күни Самарқанд ветеринария медицинасы институты Нөкис филиалында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» сүрени астында «Илимнен басқа үмит жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес» атамасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы «Ағартыўшылық»үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети,ағзасы М.Мусаев, филиалдың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша директор орынбасары Р.Турганбаев, Ветеринария ҳәм зооинженерия факультети деканы А.Каниязов, Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими методисти А.Сейткамалов ҳәм студент жаслар қатнасты.Оқыў ҳәм тәрбия ислери бойынша ислери бойынша директор орынбасары Қ.Атаназаров ушырасыўды кирис сөзи менен ашып берди ҳәм алып барды. Илаж даўамында болса М.Мусаев сөзге шығып, студент-жасларға илимниң әҳмийети, сондай-ақ бүгинги күнде мәмлекетимизде илим-пән тараўының раўажланыўына қаратылып атырған айрықша итибар ҳаққында толық түрде айтып өтти. Соның менен бирге студентлерге билим алыў ушын жаратылған кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, үлкен мақсетлерге қарай батыл қәдемлер менен барыў керек екенлиги айрықша атап өтилди. Буннан соң Р.Турганбаев ҳәм А.Сейткамаловлар ушырасыў темасы бойынша баянат жасады. Әлбетте, илим бизди жарқын келешекке қарай жетеклейди. Илим алыў тилегинде сапарға шыққан ҳәр бир студент шын кеўилден ҳәрекет қылса, қунт пенен оқытыўшылары берген билимлерди өзлестирип барса, гөзлеген мәнзилине жетиўи анық. Бүгинги ушырасыў даўамында усы сыяқлы темалар бойынша әҳмийетли пикирлер билдирилди. Бир сөз бенен айтқанда, филиал студентлери илимниң абзаллығы ҳаққында кең түсиниклерге ийе болды.
скачать dle 12.1