SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Шарўашылықты раўажландырыў бойынша Өзбекстан-Венгрия бирге ислесиўи кеңеймекте » SAMARQAND VETERINARIYA MEDITSINASI INSTITUTI NUKUS FILIAL
SAMARQAND DAVLAT VETERINARIYA MEDITSINASI, CHORVACHILIK VA BIOTEXNOLOGIYALAR UNIVERSITETI NUKUS FILIALI
Telefon
+998 61 224 71 09
E-mail
samvminf@edu.uz
SamDVUNF » Жаналықлар » Шарўашылықты раўажландырыў бойынша Өзбекстан-Венгрия бирге ислесиўи кеңеймекте
Шарўашылықты раўажландырыў бойынша Өзбекстан-Венгрия бирге ислесиўи кеңеймекте
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитетинде Венгрияның “Hunland-Trade KFT” компаниясының атқарыўшы директоры Йоз Янсен ҳәм Венгрияның Өзбекстандағы елшиханасы саўда-экономикалық мәселелери бойынша мәслаҳатшиси Януш Ваник пенен ушырасыў болып өтти. Ушырасыў басында Венгрия қәнигелери Өзбекстанға сапар етиў ҳәм “Karmana Hasan Baraka” ЖШЖ пенен бирге нәсилли ири ҳәм майда шақлы қарамалларды бағыў, көбейтиў ҳәм жергиликли шараятқа ийкемлестириўге қәнигелескен заманагөй ферманы шөлкемлестириў жумысларында әмелий жәрдем көрсеткенлиги ушын комитет жуўапкерлерине миннетдаршылық билдирип өтти. Ушырасыў даўамында Ташкент қаласында усы жылы 29-март күни Өзбекстан-Венгрия исбилерменлер кеңесиниң биринши жыйналысы шеңберинде имзаланған “Hunland Eurasia” қоспа кәрханасын шөлкемлестириў ҳаққындағы Питимге муўапық, Наўайы ўәлаятының Кармана районы аймағында биринши басқышта улыўма қуны 5 млн доллар болған инновациялық шарўа фермасын шөлкемлестирилиўине тийисли мәселелер додаланды. Питимге көре инновациялық шарўа фермасын шөлкемлестириў 2021-жылдың 2-ярымында басланыўы ҳәм 2022-жылдың 1-шерегинде пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, “Hunland Eurasia” қоспа кәрханасы қәнигелер ушын семинар-тренинглерди шөлкемлестириў, нәсилшилик-селекция жумыслары, қарамалларды бағыў, көбейтиў, азықлық рационларын дүзиў ҳәм қарамалларды емлеў режелерин ислеп шығыў бойынша жумысларды әмелге асырады. Бул инновациялық шарўа фермасының нәтийжели жумыс алып барыўы ушын шарўашылық бойынша қәнигелер маманлығын арттырыў әҳмийетли екенлиги билдирилди. Сонлықтан, Венгриядағы “Hunland-Trade KFT” ислеп шығарыў базасында Өзбекстанлы қәнигелер ушын арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириўге келисип алынды. Усы жыл даўамында Венгрияның “Vitafort” компаниясы менен шерикликте шарўа ушын аралас жем ислеп шығарыў ҳәм Венгрия нәсилли шарўашылық аўқамы менен биргеликте нәсилшилик-селекция илимий орайын шөлкемлестириў бойынша жойбарларды әмелге асырыў жеделлестириледи.